Нақ пул қайда, нақ пул? (2-ши мақала) - QQ Jan'aliqlari - www.KARSTARS.com
Bas Bet Registratsiya FORUM Media Love Zone Miymanlar Ваша Ссылка 15:41

Menu

Soraw


karstars.com en' zor qq saytpa?
Dawis berildi: 196

Aktiv paydalaniwshilar
$_Iron_Lady_$ $_Iron_Lady_$[193]
maral85 maral85[107]
AYNURA AYNURA[90]
JIGIT JIGIT[73]
zhetkerbajb zhetkerbajb[68]
banu banu[51]
chosensweety chosensweety[51]
Muxan Muxan[46]
aza88 aza88[36]
tiador tiador[33]

Komentler qaldirin' ha'm usi 10-liqqa tu'sin'


Statistika
Onlayn Miymanlar: 2
Miymanlar: 1
Paydalanıwshılar: 1
adam bar


Onlayn paydalanıwshılar:
joni11

Bu'gin saytta bolg'an paydalaniwshilar:
kanat07, Salanho, Mr_Moderator, niyaz, gani001, maral85, elf, tiador, zhetkerbajb, zzz, $_Iron_Lady_$, joni11, Muxan, biznis, galaa, Piter, maddiagirl, desmediafesse, Marksorontino, antivirspy, Goboxypepem, ZemePleabbelf, VapOwepmime


Happy Birthday!
liya89_89(21) , saka(18)

 


Qaraqalpaqstan Jan'aliqlari
Нақ пул қайда, нақ пул? (2-ши мақала)

Jan'aliq qosiw ushin, saytqa paydalaniwshi bolip kirin'.
12.12.2009 (06:01)

-Пай, иним, кешеги сандағы мақалаңда бир мәселени сәл шәлкем-шалыслаў етип, ат үсти айтып кетипсең-дә,-деди бир танысым жол үсти ушырасып қалғанымызда. Оның турмыс тәжирийбеси жетерли адам екенин билемен. Сол ушын: «нени умытыппыз аға, бир мәсләҳәт берип, саўап ис қыласыз-дә енди»- деп оған қулақ түрдим.
-Сол қарарлардың үзилиске түсирилиўине тийкар жаратқан қанигелер кимлер? деп конкрет саўал қойыў керек еди. Себеби Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қарар қабыл етилген. Онда сол әмелге асырылыўы тийис ҳәрекет шеңберлери белгилеп қойылған. Оны булжытпай орынлаў ғана онда алға қойылған ўазыйпалардың саррас турмысқа ендирилиўин тәминлей алады. Кериси болса, сол өзиңиз сөз еткендей ақыбетлердиң пайда болыўына тийкар жаратады…

Бул гәплер дөгерегинде узақ ойладым. Тек ойлаў менен шекленбестен, сол Нөкис қаласындағы Х.Турымбетов көшесиниң «Нөкис дийқан базары» менен өзеклес бөлегинде жайласқа спиртли ишимликлер сататуғын саўда шақапшаларын және бир мәрте барып көрдим.

Ҳақыйқатында да, бул жерде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 16-март күнги «Алкоголь өнимлерин усақлап сатыўды тәртиплестириў ҳаққында»ғы 605-санлы қарар талапларының орынланыўының үзилиске түсирилип атырғанын инкар етиў қыйын еди. Сол ушын қала көлеминде қарар талапларын орынлаўын қадағалаўы тийис Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясына мүрәжәт етип, олардың бул машқаланы шешиў бойынша қандай жумыслар алып барып атырғанын үйренип шықтым. Егер, ҳақыйқатын айтатуғын болсам, олар бул бағдарда бир қанша унамлы жумыслар алып барған. Мәселени ҳәр тәреплеме үйренип шығып, тек соңғы еки айдың ишинде усы мәселе бойынша бир емес, еки мәртебе Нөкис қаласы ҳәкиминиң атына усыныс киргизген.

Нөкис қаласы ҳәкими С.Алланазаровтың атына жазылған 2009-жыл 14-октябрь күнги 01/-4882- санлы хатта: «…Сизге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы «Саўда, халыққа хызмет көрсетиў ҳәм ҳалық тутыныў товарлары департаменти»ниң 2009-жыл 30-сентябрь күнги 31-санлы хатында Нөкис қаласы Х.Турымбетов көшеси бойында жайласқан… (бул жерде 26 кәрхананың атамасы келтирилген-автор)… жәмийетлери тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 16-март күнги «Алкоголь өнимлерин усақлап сатыўды тәртиплестириў ҳаққында»ғы 605-санлы қарарының 2-санлы қосымшасында алкоголь өнимлерин усақлап сатыў менен шуғылланыўшы дүканлардың саўда майданларының ҳәр қайсысының 25 метр квадраттан кем болмаўы, оқыў, мектепке дейинги ҳәм диний имаратлар, арнаўлы автотранспорт тоқтаў бекетлеринен кеминде 500 метр узақлықта болыўы кереклигине қарамастан, жоқарыда көрсетилген саўда дүканларына арнаўлы алкоголь өнимлерин усақлап сатыў ушын рухсатнамалары (Лицензия)… қарар талаплары турпайы түрде бузылған ҳалда берилгенин ҳәм де автотранспорт тоқтаў бекетине дерлик 100-300 метр узақлықта жайласыўына қарамастан… берилген, соның менен бир қатарда дүканлар сыртында басқа ишимликлер болған минераль суўлары, пиво ҳәм ҳәр түрли салқын ишимликлер менен биргеликте аралас товарлар сатылып атырғанылығы анықланғанлығын…» айта келе, усы жағдайлар бойынша тийисли шешим қабыл етилиўин сорап, қосымша: «…жоқарыда көрсетилген кәрханалар бойынша…

2009-жыл 9-сентябрь күнги 01/4482-санлы хаты менен… 605-санлы қарар талапларының бузылыў ҳалатлары бойынша усыныс киритилгенин билдиреди».

Буннан кейин ҳәкимиятта да болдым ҳәм тийисли қанигелер менен сөйлестим. Мойынлаўымыз керек, ол жерде де жумыс исленбеген дей алмаймыз, «қаралған…», «…соралған». Бирақ тийкарғы мәселе шешилмей қалып киятыр. Анығырағы, сол биз сөз еткен орындағы саўда шақапшалары бүгинги күнге шекем өзлериниң нызамсыз ҳәрекетлерин даўам еттирмекте.

Мүмкин бул жағдайлардың шешилмеўиниң қандай да бир, биз билмейтуғын, басқа себеплери бар шығар? Я болмаса айырым адамлар арасында жүрген мыш-мышларда жан бар ма екен? Не-миш, бул жерлердегилер сол жоқарыда аты –аталған қарар қабыл етилгеннен соң «саўдалы» жерден айырылып қалмаў ушын кимлергедур көп муғдарда «саўға» бергенбиш. Егер олардың бул жердеги ҳәрекети тоқтатылса, «сол мәселе» көтерилип кетермиш…

«Мыш-мыш» бул- өз аты менен «мыш-мыш»-тә. Ондай гәплерге онша итибар бере бериўге болмайды. Олай болатуғын болса не ушын нызам талапларының орынланыўын тәминлей алмай атырмыз? Бәлким, бул мәселени нызамда белгилеп қойылғанындай, баспасөзде жәрияланған материал тийкарында Нөкис қалалық прокуроратурасы үйренип шығып, нызамлы баҳа берер.

Ал биз болса бул арада буннан сәл алдын газета оқыўшыларымызға ўәде еткенимиздей, Нөкис қаласы аймағында транспорт хызметин көрсетип, жолаўшылардан түскен көп муғдардағы нақ пулды банк кассаларына тапсырмай, нызам талапларын айланып өтиўге ҳәрекет етип киятырған юридикалық тәреплердеги жағдайларды үйренип шығып, оған өз көзқарасымызды билдириўди нийет етип отырмыз. Неге дегенде, ол жерлердеги жағдайларды да жақсы айтпайды


Material aling'an jer:   

Reyting: Reyting: 0.0 <br>
<br> Dawis berdi: 0 | Ko'rildi: 139 | Sa'ne: 12.12.2009 | Qosti: kanat07

HTML_kod
BB_Kod

             Bookmark and Share

Komentler: 0





Kiriw / Shig'iw
Salem, Miyman

5-shi kun [12.03.2010] 



Nik: Miyman 
  Gruppa: Miyman 
   RSS   

Izlew
Parol esden shiqti?
Registratsiya

Mini-chat


Miymanlar chatg'a jaza almaydi!

Hawa rayi & Sum kursi


Sum kursi

© 2010 www.KARSTARS.com
Ha'mme huquqlar qorg'alg'an.
Design by Kanat Bektemirov.
Используются технологии uCoz.
Sayt administratori ta'repinen qosılg'an materiallar Avtorlıq huquqına iye.
Sayt paydalanıwshıları qosqan materiallar ushın, sayt administratsiyasi moynina hesh qanday juwapgershilik almaydi.
Sayt paydalanıwshıları qosqan materiallardı tartıp alsan'ız, materialdı 24 sag'at ishinde kompyuterin'izden o'shirip taslawın'ız sha'rt.
Sayttan material ko'shirip alıwda, saytqa link qoyıw sha'rt.!